Лента постов канала ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) https://t.me/ibratli_sozler От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw ru https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 22 Aug 2025 07:12:51 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 22 Aug 2025 05:28:16 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 22 Aug 2025 05:09:50 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 19:03:14 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 16:33:55 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 14:37:52 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 12:41:49 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 12:41:16 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 11:15:55 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 09:38:10 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 06:28:29 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 21 Aug 2025 04:19:21 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 20:38:58 +0300
Таң нуры менен оянып, бизлер менен пикирлес болған әзизлерим!  Сизлердиң ҳәр бириңиз биз ушын бийбаҳа ҳәм қымбатлы инсансыз.
     Жаратыўшы ийемиздиң бизге берген түн тынышлығында жайлы жатып, жақсы турыңызлар.
    Уйқыңыз татлы,  ертеңги жумыс күниңиз сәтли болсын, қәдирданларым!

    ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 16:52:30 +0300
Ядта тутың, бахыт - бул сизиң ким болыўыңыз ямаса сизде не барына байланыслы емес. Ол сизиң не ойлаўыңызға байланыслы.

📖 Будда
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 15:28:13 +0300
ДОСТЫМ ҚЫЯНЕТ ҚЫЛДЫ

... Шаҳида енесине жақсы мүнәсибетте болған жоқ. Енеси  еле төсек тартып жатыр еди. Тек ғана турмыс қураман дегенше ғана жыллы сөз сөйлеп, мехрибанлық еткен екен. Бир күни Салиханың күйеуи үйге бағман  әкелип,
     - Райхан гүллерин егейик. Нәл отырғызайық,- деди.
Сен аўыр жумыс ислей берме, өзиңе қарап  жүр,-  деди.
    Арадан ўақыт өтип, Салиханың күйеуи
Сарвар бағманды ертип келди.
    - Салиха, аўкатың тайын болдыма? - деп даўыслады.
     Салиха  иштен шығып келсе өз көзине өзи исенбей қатып калды. Себеби ол жигит Шухрат еди.
    Сарвар:
    - Бул мениң келиншегим  Салиха, - деп таныстырды.
    - Салиха, аўқатыңды  алып кел, ишип алып жумысқа кирисейик,-  деди Сарвар.
     - Яқшы, - деп Салиха ишке кирип кетти. Шухрат болса:
   - Мен жумысымды баслай берейин,- деп еди.
   - Қойың аш қарынға жумыс ислеуге бола ма?  Жүриң ишке кириң,  деди Сарвар.

     Арадан жыллар өтти
Салиха мен Сарвар бир ул, бир қызлы болды.  Ал, Шахида перзентли болған жоқ.
Шахида  Шухратқа:
   - Екеумиз  ажраса кояйық.  Енем де ақлықлы болғанды хәуес ететуғын шығар. Сен  де бахытлы болыуың керек. Мен сени алдадым. Көп гүнә иследим,- деп кеўоиндеги гәплерди айтты.
    - Қой, енди ондай сөзди айтпа. Бул  да бизге Алланың берген сынағы шығар,- деди Шухрат.
     Бир күни Шахида достысы Салиханың үйине келеди. Салиха достысын көрип хайран қалады.  Ишке кирген соң,  Шаҳида болып өткен ўақыяларды айтып береди:
    -  Мен саған кыянет қылдым, достым.Нешше жылдан бери айталмай жүрген  сөзимди енди айтып атырман.
Кешире алсаң кешир мени, достым. Саған еткен кыянатым ушын Қудай мени жазалап атыр. Мине, арадан жети жыл өтти. Перзентимиз жоқ, - деди Шаҳида достысына карап.
   - Сениң айыбын жоқ. Тәғдир бизлерди қоспаған шығар.
Мен сени әлле қашшан-ақ кеширгенмен. Мен  бахытлыман. Шийриннен шекер еки перзентимиз бар.
Өмирлик жолдасым да жақсы. Хүрмет етеди.
Ата-енемде  қызындай көреди. Сыйласығымыз жақсы.
    - Басымнан таў аўдарылғандай болды ғо деди,  -  Шаҳида.
    - Достым сабыр етиң. Куда қәлесе сизлер де перзентли боласыз
Шухрат жақсы жигит. Еле бахытлы болып кетесиз деди Салиха...
    Еки дос бир-бирин қушақлап хошласады.

(Өзбек тилинен аўдарған)
     
✍  Гүлбәҳәр Қарабаева.
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 14:09:32 +0300
#Даналық
📜 Ҳәким Улықпан нәсиятларынан

Тәжирийбениң көплиги, санаңды раўажландырады ҳәм кәмилликке жеткереди.
📖

Өмириң даўамында Аллаға шын ықлас пенен талаплан ҳәм оған исен!
📖

Аз аўқатланыўды, аз уйқылаўды, аз сөйлеўди әдетке айландыр.
📖

Өз мал-дүньяңызды досларыңызға да душпанларыңызға да көрсетип мақтанбаңлар.
📘
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 10:55:23 +0300
ДОСТЫМ ҚЫЯНЕТ
     ҚЫЛДЫ
   

Шаҳида менен Салиха жақын дос.
Олар екеўи бир университетте, бир топарда оқыйды.
Салиха өзи бардамлы хожалықтан шыққан шырайлы  қыз. Ата анасының жалғыз қызы.  Ҳәммеси жетерли.
Бирақ ол әпиуайы, хақ көкирек мийримли қыз.
Достысы Шаҳида орташа хожалықтан шықкан. Салихаға қарағанда сумлығы басымлаў.
Салиханың сөйлесип жүрген жигити де әпиуайы орта хожалықтан шыккан жигит. Оның анасы наўқас, төсек тартып жатыр.
Бирақ Шуҳрат анасының наўқас екенин айтпайды.
   Бир күни оқыўға киятырғанда Салиха телефоннан Шухрат пенен сөйлесип киятыр еди.  Достысы Шаҳида:
   - Сен маған кеуил аудармайсаң итибар бергенди қойдың,- деп өкпелейди. Салиха телефонын қойып:
    - Яқшы, достым сен мениң ең жақын достымсаңғо. Әлбетте саған итибар беремен,- дейди.
Шахида, Салихаға:
    - Сениң ушырасып жүрген жигитиң маған онша унаңкырамайды.  
   - Не ушын ол хаққында бир сөз еситтиң бе?айтабер  жасырмай.
    - Яғаў мен оны танымасам,  жүр  кеттик.
  Салиханың Анасы қызына:
    - Қызым, Шухратқа неге  айтпайсаң кешиктирмей айттырып  келсин. Мен кашанғы келген саўшыларды қайтарып жиберемен дейди.
    - Яқшы апа,  айтаман. Ертеңине  Салиха жигити менен ушырасып, уялыңқырап кеўлиндегин айтады.
Шухрат:
    - Қуда қалесе ўақыт сәти болады, - дейди.
Шуҳраттың анасынан Шаҳида аўқат әкелип хабар алып  турады.
Шуҳрат анасының қасына келип, дәрилерин береди.
    - Жақсымысыз анажан
аўқат жедиңиз бе?
   - Аўа, маған қызым Шаҳида аўқат әкелип турыпты,- дейди.
    - Әўере болыпсыз  ғо,- дейди жигит.
   - Әўереси бар ма? Мениң орнымда қандай қыз болса да, хабар алып турар  еди,- дейди.
    Шухрат Шахидадан Салиханы сорайды.
     - Сизге айтсам ба екен, айтпасам ба екен?  Салиханың узатайын деп атыр.  Ол айыплы емес. Ата- анасы бай хожалыққа берейин деп атыр. Салиха не қылсын, ата-анасынын кеўлинен шыға алмайды да.  
     Шуҳрат  үндеген жоқ:
   - Тәғдиримизге бирге болыў жазылмаған екен-дә,- деп қойды. 
    Негизи  Шаҳиданың
алдап  атырғанынан
Жигиттиң хабары жоқ еди. Усы мазмундағы сөзди достысы Салихаға да айтып еди.  "Шухрат үйленейин деп атыр.
Шухраттың анасы Мастура апа мениң таңлаған  қызыма үйленесең  деп атыр", деп.  Салиха достысының айткан гәпине исенди.Анасына барып,  ишиндеги дәртин  айтып жылады. Анасы "қой қызым басқа илажы болмаған шығар. Саған  еле зор жигит
ушырасады, бахытлы  боласаң қызым" дейди. Салиха турмыс  қурады. Бахтына күйеуи  жақсы, әдепли, тәрбиялы жигит болып шығады.
Шаҳида болса, өзинин нийетине жетип, достысының жигитине турмысқа шығып алады.
     Бир күни Шаҳида, күйеуи Шуҳратқа:
    - Оқыўымның контракт төлемин төлеў керек еди. Әкеме қоныраў етип айтажақпан,- деди.
    - Мен өзим төлеймен сабыр ет,-  деди жигит.

Даўамы бар...
✍ Гүлбәҳәр Карабаева
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 10:51:04 +0300
#Жарнама
💻
ЕГЕР ҮЙДЕ КАКТУС БОЛСА, СИЗ САЛАМАТСЫЗ!

Катусты үйде сақлаў тынышландырыўы, дыққатты жәмлеўи ҳәм уйқы сыпатын жақсылаўы мүмкин, солай екен үйиңизде кактус болса:

• Кейпиятты жақсылаўға жәрдем береди,
• Стрессти кемейтиў ушын хызмет етеди,
• Есте сақлаўды күшейтиўге жәрдем береди,
• Үйдеги ҳаўаны тазалаў ўазыйпасын атқарады,
• Уйқы сыпатын жақсылаўға жәрдем береди ҳәм дем алыў жолларының исиниўин кемейтиўге жәрдем береди.

Дыққат:
Кактус гүллер сатылады❗
Кишкенелери 5 мың сум,
Үлкенлери 10 мыңнан.  Сатып алыўшылар төмендеги номерге хабарласса болады!

88 0967412
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 08:50:02 +0300
ӘЗИЗ ЎАТАН…

Әзиз Ўатан, туўылған жерим.
Не деген кең, не деген жазық!
Бул елдеги халықтың жүрегин
Шыға алмайды ҳеш ким де жазып.

Сонша айлар, соншама жыллар,
Көз жумбаған есапсыз кешим,
Дөреткен бул бир қанша жырлар,
Айтар елдиң тек бир мүйешин.

«Шайыр» десип халқым мени де,
Қуўанысса қосықларымнан-
Дем алыссыз күн-түнлериме
Жүрер едим қыйланбай дымнан.

Әзиз Ўатан, туўылған жерим,
Не деген кең, не деген жазық!
Бунда турған халық меҳрин
Әўладларға еткеймен азық.

Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 08:22:51 +0300
#рәўият
📜 УЙҚЫЛАҒАНЫҢ МАҚУЛ ЕДИ..

  Әбиў Шийразий былай деген:
   "Бир күни түнде әкем менен ибадат етиўге таярландық. Қасымыздағылардың ҳәммеси уйқылап атыр еди. Әкеме былай дедим: "Мыналардың ишинде намаз оқыйтуғыны жоқ па екен?!".
  Сонда әкем маған былай деди:
   "Балам! Адамларды айыплағаныңнан көре уйқылағаның мақул еди. Сениң туўры жолда екениң, басқалардың үстинен олар адасып жүргени ушын күлиў-масқаралаў ҳуқықын бермейди. Гүнакар адамға төбеден турып қарама! Жүректи өзгертиў Алланың қолында, оларды қәлегенинше айландырады. Аллатаала сени ҳидаят жолына таңлаған ўақытта, сендеги жақсылық яки ибадатың себепли таңламаған. Негизинде Алладан болған мийрим себебинен болған. Ол буны қәлеген ўақытта сеннен алып қойыўы мүмкин. Соның ушын да ислеген жақсы әмелиң ҳәм ибадатың себепли өзиңнен кетпе! Оның жолынан адасқанларға менсинбей қарама! Егер Алла саған Өз меҳирин түсирмегенде, сен мыналардың орнында болар едиң. Ибадатта даўамлылығыңды өзимниң жеке утысым деп билме!

📖
Омар ибн Абдулазиз раҳимаҳуллаҳ былай деген: "Алдыңғылар ибадатты оразада ямаса намазда емес, ал адамлардың абройын төгиўден тыйылыўда көрген. Түнлери намаз оқып, күндизлери ораза тутқан адам, егер тилин сақламаса, қыяметте утылғанлардан болады".

📝📝📝@ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 05:55:28 +0300
АМАНАТҚА ҲАДАЛ БОЛАЙЫҚ!

Халқымыздың миллий  ой-санасында аманат ең қәстерли, ең кийели уғым. Аманатқа қыянет жасаў шектен шыққан арсызлық, ең аўыр гүнә екенин есте сақлап жүрген абзал. Аманат жолы ең аўыр ҳәм жуўапкершиликли жол екенлигин халқымыз ерте ўақытлардан баслап-ақ түсинип, соған сәйкес жолды устанған, Оған көплеп мысаллар келтире бериўимиз мүмкин. Халқымыздың бурыннан соңға устанған ҳәм жуўапкершилик пенен қараған жети түрли аманаты ҳаққында билип жүрген жақсы.

ТИЛ АМАНАТЫ~тек жақсы сөзлер, жарасымлы ҳәзиллер айтыў менен қатар ҳәр қашан шынлықты айтыў, әдилликти жақлаў, адамлардың берекет, бирлигин сақлаўға үндейтуғын сөзлерди айтыўдан ибарат. Адамлардың өз-ара қатнасларын суўытатуғын, биреўдиң екинши биреўге өшлесиўин пайда ететуғын, қаслық ойлаўға қозғайтуғын сөзлерди, жалған мағлыўматларды айтыўдан аўлақ болыўды миннетлейди.

КӨЗ АМАНАТЫ~адамгершиликли ар-намыс пенен салт-дәстүрге тийкарланған унамлы, ийгиликли нәрселерге ғана  нәзер салып, адамгершилик ар-намыс пенен бендеге жат, жаман нәрселерге көз сүзип, нәзер аўдармаўды тилейди.

Көз бенен көргенди, қулақ пенен еситкенди жасырыўда аңсат емес. Сонлықтан, қулақтың аманаты да жуўапкершиликти талап етеди.

ҚУЛАҚ АМАНАТЫ~жақсы сөз, жағымлы лебизлер менен өнер-билим, үлги, тәлим нәсиятларын, ҳәр түрли пайдалы ақыл-кеңеслер менен даналық сәўбетлесиўлерди ғана тыңлап, жағымсыз жаман сөзлер менен адамлардың өшпенлилигин туўдыратуғын, адамлардың өз-ара исенимин, дослық сүйиспеншилигин суўытатуғын суўық сөз, суўмаңлаған өтирик-өсекке түрилмеўди, еситпеўди талап етеди. Ким көрингенниң аўзын аңлыйтуғын сүйкимсиз әдеттен, ҳарамылықтан, тыңшылықтан сақлайды. Тил ушына келгенди айтып, "көз көргенди, қулақ еситкенди" жасыра алмаса жүрек азап шегеди.

ЖҮРЕК АМАНАТЫ~пүткил жан менен тәнди таза қан менен, әжайып минез-қулық пенен тәмийинлеп отырыўды талап етеди. Жүрек аманаты--адамгершиликти, изгиликти, ҳадаллықты, арлылықты, сүйиспеншиликти, мийримлиликти, қарапайымлылықты, кеширимлиликти, кең пейиллиликти қәлейди. Қара нийетлилик, зулымлық, қаталлық, менменлик, аш көзлик, тойымсызлық, қызғаншақлық, көрсеқызарлық, өзимшиллик, пайдакүнемлик, жағымпазлық, қулшыллық сыяқлы жағымсыз, жаман қылықлардан аўлақ болыўды аманатлайды.

ҚОЛ АМАНАТЫ~тазалық пенен пәкликти аманатлайды. Өзине тийисли болмаған нәрселер менен өзгелердиң дүнья-мүлкине суўмаңлап, суғанақлық ислемеўди, бәрҳә қайырлы, жумсақ, ашық, жомарт болыўды талап етеди. "Оң қолың сол қолыңа араша болсын",--деп еки қолды жаманлыққа, сумлыққа, ҳарамлыққа барыўдан шеклеп, сақлап отырады. Жақсылыққа, изгиликке сүйеўши, демеўши болып, қыйланғанлар менен әдиллик излеўшилерге қол ушын берип, әдилсизлик пенен озбырлыққа, жаманлыққа қатал болыўды жақлайды.

АЯҚ АМАНАТЫ~адамгершилик жолы менен жүриўди, биреўдиң ала жибин атламаўды, мудамы жақсылық пенен ийгиликли ислерге асығып, қайыр-сақаўатлы ислерге көбирек барып, ҳәр қәдемди қутлы, берекетли етип нурға бөлеп жүриўди, жаманлық пенен ҳарамлық жолға, бузақылық пенен қылмыс жолына атлап баспаўды талап етеди. Әдиллик пенен адамгершиликли ар-намыстан атламаўды аманатлайды.

БАС АМАНАТЫ~пүткил болмысымызды басқарып турған бастың аманаты да бундай изгиликлерден шетте қалмайды. Бас аманаты:--пүткил мүшелеримизди ҳәр түрли бенделик былық-шылықларға урындырмай, адамгершиликли ҳақ жол менен дурыс алып жүриўди талап етеди. Өзиниң бас ҳүкимдарлық қәсийетин жоғалтпай, көздиң нурын, қулақтың қәдирин, тилдиң душшылығын, қолдың тазалығын, аяқтың басқан қәдеминиң ҳадаллығын, жүректиң кеңлигин әллекимлердиң бурыў тартып, надурыс жолға салып жибериўине жол бермей, барлық мүшелерди ийгиликли мақсет жолында жумылдырып, адамзаттың "адам" деген атына дақ келтирмеўин аманатлайды. Адам баласын аздырмаў, тоздырмаў, адастырып, алжастырмаў жуўапкершилигин жүклейди.

АМАНАТҚА ҲАДАЛ БОЛАЙЫҚ!

Жыйнастырған:
Aлламуратова Шахзода


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 19 Aug 2025 03:19:30 +0300
#қайырлы_таң

Ассалаўма әлейкум Қәдирданларым!

Бүгинги сийшемби күниниңиз кеўилли өтсин!

Таң қайырлы болып - жақсылық пенен баслансын.
Ҳәр бир күниңиз әўметли, қуўанышқа толы болсын!
┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
📝📝📝
https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
10.25 k
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 20:33:25 +0300
# Қайырлы түн Қәдирданларым!

ТҮН АЙДЫН

ҚӘДИРДАН ИНСАНЛАР,  КҮНИ БОЙЫ СИЗЛЕР МЕНЕН БИРГЕ БОЛҒАН КҮНИМИЗ МАЗМУНЛЫ ӨТКЕН БОЛСА ,
БИЗ ӘЛБЕТТЕ ҚУЎАНЫШЛЫМЫЗ СИЗЛЕРДИҢ ҲӘР БИРИҢИЗ ДЫҚҚАТ ИТИБАР МЕНЕН ПИКИР БИЛДИРИП АТЫРҒАНЫҢЫЗ УШЫН ШЫН ҚӘЛБИМНЕН МИННЕТДАРМАН
КҮН ДАЎАМЫНДА САЎАПЛЫ ИСЛЕРИҢИЗ ҚАБЫЛ БОЛСЫН,

ТҮННИҢ ТЫНЫШЛЫҒЫН БЕРСИН ,ЖАҚСЫ ТҮСЛЕР КӨРИҢ ЕРТЕҢ ТАҢДА КӨРИСКЕНШЕ САЎ САЛАМАТ БОЛЫҢЛАР!!!

БИЗДЕН УЗАҚЛАСПАҢ
👉👉https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 19:32:35 +0300
# Даналық 


Адам үш нәрсениң қәдирин кеш биледи.Жаслық.Денсаýлық.Тынышлық.
 
Досты қорлаý -  гүнә.Өмирлик достын хорлаý-жүз рет гүнә.Ата-ананы хорлаý мың рет гүнә..Нәрестени хорлаý - шексиз гүнә...

     Жумыс көплигинен ýақыттан налымаң.Уақыт көплигинен истен налымаң.Инсан-бийкаршылықтан ериншек болады.

Хәтте бүлбүл де палапан шығарғаннан соң сайраýды қойып палапанларына жемис тасыйды.

     Ерте таңда турғанда хеш жериң аýырмай жүргениңе,түнде yйықлағаныңда  хеш жериң аýырмаса соның өзи - бахыт.

    Ақыл менен хәмелге ерисиý мүмкин.Хәмел менен ақылға ерсип болмайды.

   Дүнья да керексиз нәрсе жоқ.
Махаббат  деп аталған ең ағла сезимде де әдалатсызлық бар.Ким шын жақсы көрсе сол азап шегеди.

       Инсанның бахасы бул дүньяда өзи алғаны менен емес,өзинен қалғаны менен өлшенеди.

      📚  Өткир Хошимов" Дафтар хошиясидаги битиклар" шығармасынан.


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 18:29:38 +0300
#пикир    

   Қашан қәнәәт етемиз?


   Өлген инсанлар: " Қәне енди жарық дүньяда жасасам, өлмеген болсам"- дейди.

  Бойдақлар: " Қашан үйленип, тынып жасар екенмен "- дейди.

  Байлар: " Қәне енди, тынышлықта, сабырлы болсам"- дейди.

    Кәмбағаллар: " Қәне  енди бай болып жасасам"- дейди.

    Жасы үлкенлер: " Қәне енди жаслық бир күнге қайтып келсе"- дейди.


   Жаслар: " Қәне енди жас бала болып қалсам " - дейди.

      Балалар: " Қашан үлкейемен"- деди.


   Тирилер:  " Қәне енди өлип, бул дүнья ғам - тәшýишлеринен қутылсам" - дейди.

   Өлген инсанлар:  " Қәне енди және жақты дүньяға қайтып, исленбей қалған шала ислеримди орынласам"- дейди.


    Кеширесизлер, инсанлар , қашан қәнәәт етемиз?
   
     
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 17:46:17 +0300
🎤  🌸  🎤  🌸  🎤  🌸  🎤  🌸  🎤

#ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ❗️

 Республикалық «УСТАЗ ЖОЛЫ» газетасы мәмлекетимиз Ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына бағышлап "Уатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" сүрени менен "Ғәрезсизлик мениң өмиримде" атлы таңлаўын жәриялайды!

🎤💥Таӊлаўға барлық тараў хызметкерлери, студент жаслар ҳәм үй бийкелери қатнасыў имканиятына ийе. Таӊлаўға тараўдағы  ис-тәжирийбе ҳәм жетискенликлери қабылланады.

Таңлаў жеңимпазларына редакция тәрепинен:
1.🏅 Көкирек белгиси
2.📕Арнаўлы гуўалық
3.📜Алғыснама тапсырылады.
"Жәхән маған хәуес етип қарасын". Бердақ.
Толығырақ:  88 096 7412
Жуўмақ: 25-август

https://t.me/USTAZ_JOLI
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 14:59:42 +0300
#  нәсият

     Бир  келин айтады:
" Өмирлик жолдасым жақсы көриýи себеплери:

  -  Хеш қашан шаңарағын жаманламадым.


-   Анасын өзимниң анамнан артық көрдим.


     -  Аға-инилерине өз баýырларымдай жан күйдирдим.


     -    Өзимди шаңарағымнан оның шаңарағын  бийик қойдым.


    -   Ақыбетли болыýлары ушын айына төрт мәрте аýқат асып шақырдым.


     -   Өмирлик жолдасымның үйиндеги гәпин төркиниме барып айтпадым.   


     Усы ибратлы ислер бәрқулла әдетиме айналды.


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 13:41:45 +0300
# Даналық


   " Айырым қәтелеримизди дурыслаймыз,ал басқа қәтелеримиз бизди дурыслайды".

   Өмирдеги қәтелер тек бизге сабақ бермейди, жеке инсан болып
қәлиплесиýимизде, өзгериýимизге де себеп болады.Биз айырым 
қәтелерден сабақ аламыз, айырымлары болса дүньяға болған көз қарасымызды өзгертеди.


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 11:05:52 +0300
#Даналық


"Үш нәрсе Жәннеттен таңланады:
  Калималар, меҳир-муҳаббат,аналық туйғысы.
Калималарды инсан алды, аналық туйғысы Хаýаға қалды, лекин меҳир-муҳаббат жүдә аýыр еди..."

                            МАВЛОНО
   
   Өмирдиң  сыйқыры үш нәрседен ибарат:

Калималар  - қәлбинен қәлбине жол ашады.

Аналық туйғысы - дүньяны мехир менен безейди.

Меҳир-муҳаббат  болса - хәм азап, хәм таýсылмас  caодат сынаýыдур.

  Қәлбиңиздеги  калиймалардың гөззаллығы, мехир-мириýбеттиң кеңлиги, меҳир-муҳаббат сезими сизге жолдас болсын!


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 09:28:16 +0300
Дүньяға еки түрли пикир


Бир инсан столға отырып, қолына қәлем алады да:

- " Өткен жылы азап берген өт қалтамды операция жолы менен алдырып бир ай жатып қалдым.

-  Алпыс жасқа жеттим және баспа сөзде отыз жыл ислеген хәмелимнен айрылдым.

-  Әкем дүньядан көз жумды.

-  " Балам аврияға ушырап бир неше ай оқыýға баралмағаны ушын бакалавр дәрежесин алалмады", дәптердиң соңғы бетине " Өткен жыл жүдә жаман жыл болды" деп жазды.


        Өмирлик жолдасы кирип келди де, кеýилсиз отырғанын көрип,оған жақын отырды.Узын қатарлар менен жазған хатын оқыды.Хатты оқып болып индеместен өжиреден шығып кетти.

    Бир неше ýақыттан соң, қолына қағаз алып кирип келди.
Индеместен кийеýи жазған хаттың алдына қойды.Кийеýи оған қарап оқый баслады:

    " Өткен жылы узақ жыллардан бери азап берип киятырған өт қалтаңыз аýырыýларынан қутылдыңыз.Алпыс  жасқа шыққан болсаңыз да Алла қәлеýи астында саламатсыз.Отыз жыл ислеген жумысыңызды тәрк еткениңиз үйде отырып әжайып шығармалар жазыýыңызға имкән болды.Әкеңиз тоқсан бес жыл жасады.Хеш кимге сүйенип, жәрдемге мүтәж болмады.
Наýқас болып  қалмады.Қыйналмастан аманатын тапсырып, жан берди.Балаңыз аврияда  өлимнен аман қалды. Майып болып қалмастан, машақатсыз тәýир болды.


Дәптер бетиниң соңына

   " Алла бизге өткен жылды сынақлы етти.Барлығы жақсылық пенен  жуýмақланды" деп жазып қойған еди.

      Олар екеýи басынан кеширген бирдей ýақыяларды  еки түрли пикир менен мүнәсибет билдирген еди.



https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 06:12:36 +0300
ШҮКИРЛЕР АЙТАЙЫҚ!

Ояттыңыз аманлықта,
Төрт мүшемиз саўлықта.
Саўлық бул терең байлықта,
Раббим! Өзиңе шүкир!🙏

Миннетдарман ҳикиметиңе,
Берген ырысқы, зийнетиңе.
Дос қылың шын үмметиңе,
Раббим! Өзиңе шүкир!🙏

Тамақтан суў өткени,
Қолым қәлем тутқаны.
Сол да толып питкени,
Роббим! Өзиңе шүкир!🙏

Мийнет қылдыр, талдырма,
Нәзериңнен қалдырма.
Илайым  бийўақыт солдырма,
Раббим! Өзиңе шүкир !🙏


Пүтин болғай ийманымыз,
Жоқ болсы шайтанымыз.
Өзиңниң мийманыңбыз
Раббим! Өзиңе шүкир !🙏

Аманат жанлар ушын,
Қуўанышлы аңлаў ушын.
Усы жақты таңлар ушын,
Раббим! Өзиңе шүкир!🙏

📚 Сапарова Сапура


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 05:25:28 +0300
Ана дуýасы


  Бир ана хәр күни дуýа етип Аллаға  шүкир етеди.Ол өткен күни де уйқыдан алдын сондай шұкир дуýасын тиледи:


-  Алла! Шүкирлер болсын, таңда өмирлик жолдасымның демалып атырғанын еситемен.Демек, ол жасап атыр.

   Алла! Шүкир, қызым хәр күни ыдысларды таза тутып, жуýғаны және үй тазалағаны ушын арыз етеди.Демек, қызым көшеде керексиз ýақтын өтирип қыдырмайды.


   Алла!  Шүкир қыламан, салық төлеймен.Демек, кәсибим бар және жумыссыз емеспен.


      Алла! Шүкир, кийимлерим маған тар болып тозып атыр.Демек, азық аýқатым жетерли.

  Алла! Шүкирлик етемен, күн ақырында қатты шаршап қаламан. Демек, аýыр жумысларды орынлаýға күш-қуýатым бар.


    Алла! Шүкир үй әтирапын сыпыраман және айналарды тазалайман.
Демек, үйим-жайым бар.


   Алла! Шүкир етемен, базда наýқас болып қаламан.Демек, көп ýақыт деним саý болады.


   Алла! Шүкирлер болсын, садақа ушын пул инәм етип сарыплайман.Демек,   қайыр-сақаýатлы  жақынларым бар және досларым бар.

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 04:19:03 +0300
#Нәсият


  Ертең бахытлы болыýға исенбеген инсан, бүгинги күнин бахытлы өтиýи ушын жол табалмайды.

    Бүгин - ертеңги күн шырағы, ертең бүгинги күн даýамы.Барлығы жақсы болыýына исениң.

     Өмирде сизиң машқалаңыздан да үлкен тәшýишлери бар инсанлар барлығына исениң.

  
     Хәр қандай истиң соңында хикмет бар екенине исениң.


     Әýметли және бахытлы инсанлардың сыры әпиýайы - олар хешқашан  исенимди жойытпайды.


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 18 Aug 2025 03:17:59 +0300
Ассалаýма әлейкум  уа рахматуллаху уа баракатуҳ!

  Сиз және бизге бүгинги таңды усынып, өмиримизге берекет берген Аллаға мың шүкир болсын!
 
  Шаңарағымыздан тынышлық, мехир-мириýбет, дәтурқанымызға ырысқы-несийбе, берекет, жүрегимизден шүкиршилик, жақсы пазыйлетлеримизден мийримлилик, жүзимизден қуýаныш нурлары шашылсын!


  Аллам, қыйналған инсанлардың мүшкилин аңсат етсин, наýқасларға шыпа берсин, ғам - қайғыларын, мүсийбетлерин жеңип шығыýда сабыр-қанаат, күш-қуýат инәм етсин, денсаýлық берсин, мийнет пенен тапқан наны ушын берекет берсин! Амин!🤲

   Атқан таң жақсы пазыйлетлерге бай инсанлар жүрегинде  жаңа өмирге өзгеше көз-қарас, өмирде жасаýда бахытлы, қуýанышлы күн болғай!

        ☀️  Қайырлы таң!


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 21:14:40 +0300
Қайырлы түн әзизлер!

Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз...
📖

Еситкен ҳәр бир сөзге исенип кеўил бөле берме! Сени көргенлер шөп - шар деп айтыса берсин. Сен гүл бол! Ҳәттеки сеннен бүлбиллер уялсын...

©Жалалатдин Румий
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 20:35:47 +0300
Айсулыўдың палатаға келип, анасы Гүлханның жүзинен сүйип атырған ўақты.
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 20:34:55 +0300
... Анасы да қыймылдай алмаса да, қызын "Айсулыўым мениң!" деп мың толғанып атыр.
Усы гезлери ана баланың бир-бирине деген шексиз мийирманшылығын көрген қәлеген жанның
жүреги елжиреп, көзине ерксиз жас келер еди... Ата-бабаларымыздың "Ийтти ийеси менен қыйнасын" деген ҳикметли сөзиниң мәниси де усы екен-дә! Ҳеш қашан ананы баладан,баланы анадан айырмағай...
   -Апа, мен сени енди ҳешқашан таслап кетпеймен. Усы жерде саған қарайман. Суў ишкиң келсе, суў, тамақ ишкиң келсе тамақ беремен. Кемпир апам саған мазалы етип, тефтель аўқат писирип келди. Ыссылай сорпасынан ишесеңбе?  Азанда апам аўқатқа бар меҳримди берип мазалы етип писирдим деди,- деп анасына бәрин саўдырап айтып атыр, айтып атыр...  Ақлығының мийирманшылығын көрип отырған кемпир апасы ишинен: -"Айсулыўымды тилден, көзден сақлағай, жүдә ғана мийримли қыз болажақ" деп сүйсинип Айсулыўға шексиз мийрим менен күлимсиреп қарады.
  ... Шаппаттай нәресте менен еки ананың да тилеклери қабыл болып, операция сәтли болғанына олардың бәриниң кеўиллери шексиз қуўанышта еди. Әсиресе, Айсулыўдың қуўанышында шек жоқ еди. Ол анасының жүзинен және де  сүйип атырып:
-Апа, сен қасымда аман болсаң мен мектепке барғанымда жақсы оқып, сени еле талай қуўантаман,-деди емиренип. Гүлханның болса өз қызы менен өз анасының мийирманшылығынан жүреги елжиреп, көзлеринен ерксиз сызатланып аққан жас дастығына тамды.. Бул оның усындай перзентиниң барлығына, аман жанының қалғанына шүкиршилик ҳәм шын жүрегинен шыққан қуўанышының көз жаслары еди...

Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА

17 август,2025 жыл.Нөкис қаласы.

Каналымызға қосылыўды умытпаң!
👉https://t.me/gulnara_nurlepesova
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 19:40:40 +0300
АЙСУЛЫЎДЫҢ ҚУЎАНЫШЫ

Айсулыў быйыл жети жаста. Жақында бақша менен хошласты. Енди сентябрьде мектепке барады. Ол жүдә шаққан, сөзге шебер ҳәм ақыллы қыз.
Жақында оның анасы тосыннан аўырып қалды. Райондағы шыпакерлер аўырыўын анықлай алмай Нөкиске жиберди. Айсулыўдың сондағы тәшўишленгенин айтпайсаңба? Ақыры, ол анасын жанынан да бетер жақсы көреди. Анасы жумысында гезде де набада бақшадан келсе еле  келмеген болса, дәрҳал қоңыраў етип;
   -Апа, жумыстан қашан келесең, тезирек қайтса, сени сағынып баратырман,-дейди.
     Ал, бул сапары апасының Нөкистеги шыпакерлерге аўырыўын анықлатыўынның өзине үш күн кетти. Үшинши күни түстен кейин емлеўханаға жатқан анасы кеште Айсулыў менен телефон арқалы байланысты. Жай-жағдайды түсиндирди.
   Сонда Айзада;
-Апааў, үш күнде келемен деп едиңғо, енди қашан келесең?-деп жыламсырады.
  -Ертең операция ислейтуғын болдығо, және үш күннен бараман, қызым, қуда қәлесе,- деди.
-Үш күн деп едиң, сонда алты күн мен қалай шыдайман, сени сағынып баратырманғоо,-деп тағы жыламсырады.
   -Енди үш күн де демде өтедиғо, жылама қызым,айнанайын. Мени емлеўханаға жатқарып болып үйге қайтқан әжапаңнан саған "Алпен голдь" шоколад берип жибердим.-деди қызының кеўилин алғысы келип.
  -Яқшы, бәрибир ертең мен де апам менен изиңнен бараман. Қәне, емлеўханада жатырғаныңды көрсет деп "видео шақырыў" арқалы анасының палатада ким менен жатырғанына шекем анықлап көрип те алды. Анасы менен узақ сөйлести. Адамлардың көбинесе:- "Ҳәзирги балалар бала емес, бәле ғой" дегени де усындайдан айтылған болса керек шамасы.
    Ертеңине азанда Айсулыўдың анасы Гүлханды шыпакерлер операция ханасына алып кетти. Бул аралықта Айсулыў таң азаннан  кемпир апасы менен жолға шықты. Кишкене жүреги шәўкилдеп анасына жеткенше асықты. Қанша асыққаны менен алыс Тахтакөпирден Нөкиске келип жетемен дегенше бираз ўақыт өтти. Жетип келсе әлле қашан анасы операция болған екен. Шыпакерлер:
-Операция сәтли болды, енди саат төрт ярымларда оянғанша ҳешкимди киргизе алмаймыз,-деди.
   Айсулыў саат төрт ярымды да бийтақатланып күтти. Кемпир апасының айтқанындай анасының аман жаны қалыўын Алладан жалбарынып соранды.
   Белгиленген ўақыт жеткенде шыпакерлер Гүлханды көриўге тек бир адамның кириўин талап етти. Әлбетте, биринши болып анасының анасы киретуғын болды. Сонда Айсулыў:
-Мен қызыман, мен қашан киремен?-деди жыламсырап. Шыпакер оған күлимсиреп:
-Апаң шықсын, кейин сени де киргиземен қызым,-деди.
   Кемпир апасы; -Қызымның жағдайы жақсы,-деп қуўанып шыққан соң, Айсулыў апасының қолындағы ақ халатты алып, үстине кийип, жерге сүйретилген етегин көтерди де шаққанлық пенен реанимация бөлмесине ишкериледи.
     -Сәлем, апа,жақсымысаң, ҳеш жериң аўырып атырған жоқпа, мен сени сағынып қалдымғо,-деди апасының жүзине шексиз мийирманшылық пенен көзин тигип. Анасы бийик кроватьта қыймылдай алмай жатырғаны ушын әдеттегидей бетинен сүйиўге Айсулыўдың бойы жетпеди. Гулхан да бир бөтекесин алдырып енди операциядан шыққаны ушын қызына қарай ийиле алмады. Сонда Айсулыў анасының қолларынан қайта-қайта сүйип, тезирек тәўир болып кеткейсең, апа, сени күтемен,-деди де көп турыўға болмайды деген соң сыртқа шықты да кетти .
     "Кип-кирттай болып буған не бар екен" деп күлискен шыпакерлер Айсулыўдың үлкенди киширейтип қойғандай нықлап сөйлеўлерине, ислеген ҳәрекетлерине рийза болып;
  -Қыз бала деген мийирман болады дегени сол ғой, көз тиймесин қызыңа, саў болсын,-дести Гүлханға қарап.
    Айсулыў кемпир апасының қасына көзи жасаўрап келди.
-Ҳе,не болды, Айзон, апаңды көрдиңбе?-деди кемпир апасы ақлығын баўырына басып.
   -Көрдимғо, бирақ, апамның бетинен сүйе алмадым, кроватына бойым жетпеди,-деп бирден өкирип жылап жиберди Айсулыў.
  -Ҳаў, ҳеш гәп, ертең палатаға көширгенде-ақ бетинен сүйерсең, жаным,-деп күлди кемпир апасы да.
   Ертеңине Гүлханды палатаға көширди. Буны еситкен Айсулыў анасының қасына қустай ушты. Анасын көрип күлип қоя берди. Бул жердеги кроватьқа арқайын бойы жететуғын болған соң анасының жүзлеринен мийри қанғанша қайта-қайта сүйе берди, сүйе берди...

Даўамы бар...

✍ Гүлнара Нурлепесова
17-сүмбиле, 2025 ж
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 19:04:19 +0300
Арзан кийим кәмбағаллықты аңлатпайды. Ядыңызда тутың, сиз басқаларды ҳайран қалдырыўды емес, бәлким шаңарағыңызды тәмийинлеўиңиз керек.

✍Эмма Ватсон

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 17:02:25 +0300
📣📣📣ДЫҚҚАТ:  ЖАҢАЛЫҚ!

   Енди абитурентлеримиз билимин және де жетилистириў ҳәм жоқарғы оқыў орынларына таярланыў ушын пайтахтымыз Нөкис қаласына барып жүриўи шәрт емес!
     Себеби келешегимиз даўамшылары болған районымыз жасларының
✅Шет тили,
✅Математика,
✅Рус тили ҳәм
✅Қарақалпақ тили пәнлерин тереңирек үйрениўин жеңиллестириў мақсетинде Нөкис қаласындағы "REAL EDUCATION" оқыў орайының Мойнақ районынан филиалы ашылғанлығын мәлим етемиз. Бул жерде абитурентлерге тәжирийбели, заманагөй билимлерге ийе, қәниге устазлар билим береди.
   Оқыў төлеми айына:
1 пән ушын 200 мың сум
2 пән ушын 300 мың сум.

  Мәнзил:
Мойнақ районы
"Жаслар орайы" имараты.
Байланыс ушын телефон: +998-99-364-73-02
@real_education_muynak
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 16:31:13 +0300
Ҳәмме нәрсе мөлшеринде болса пайдасы көбирек болады

Бир данышпаннан "Зәҳәр не?" деп сорапты. Данышпан былай деп жуўап берипти:

"Зәрүрлигимизден артықша болған ҳәмме нәрсе зәҳәр. Артықша мийнет, артықша демалыс, артықша қорқыў, артықша тынышлық, ғәзеп, артықша қуўаныш, жек көриўшилик.

Өмирдиң мазмуны ҳәм шыпасы турақлылықты, қәтержамлықты сақлай алыў есапланады.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 15:17:15 +0300
Ойларың сөзлериңе,
Сөзлериң пейилиңе,
Пейилиң тәғдириңе
тәсир етеди.
Гөззал ойла, гөззал жаса.


Жалолиддин Румий

https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 11:34:41 +0300
ҚЫЗЛАРЫН СЫЙЛАҒАН ҚАРАҚАЛПАҚПАН

Қызы  бар  шаӊарақ  гүлзарға  мегзер,
Гүлзарда  гүллер  де  қызларға  мегзер,
Еллердиӊ  сәни  ғой  қыз  перзентлериӊ
Қызларсыз  өмирлер  музларға  мегзер.

Қызларын  сыйлаған  Қарақалпақпан,
Төрлерде  орны  бар,  әӯеле  Ҳақтан,
Жүзине  пәренже  салып  көрмеген,
Сонда  ҳәм  намысын  қолдан  бермеген.

Ат  минип  салтанат  дүзер  тойларда,
Жүрген  жери  байрам,  мейли  қайларда,
Сансыз  қосық  жазып  шайырлар  ҳәлек,
Ақ  жүзин  мегзетип  күнге, айларға.

Пәмли  жеӊгелери  усынар  төрин,
Бийкешинен  бурын  алалмай  орын,
Қызым-  жулдызым  деп  баӯырын  үзер,
Жапырылып  сыйлаған  жиӊишке  жолын.

Қыйын  күнде  дәртлериӊниӊ  даӯасы,
Мийрим  менен  толған  кеӯилханасы,

Муӊға  батсаӊ  даӯысынан  беллидур,
Қарындастыӊ  жан  ашытқан  ҳаӯазы.

Қызы  бар  шаӊарақ,  пайызлы  бир  бағ,
Қызларсыз  өмирде  жанар  ма  шырақ,
Ол- ана,  ол-  жолдас,  ол-  өмир  нуры,
Сонлықтан  да  сыйлар  мәрт  Қарақалпақ!
*   * *

  АУЫЛДАҒЫ АҚ КӨКИРЕК КИШЕЛЕРИМ

Орныӊыздан  ушып  турдыӊ  төбем  көрип,
Тағамлардыӊ  мазалысын  бизге  берип,
«Төр  сенники,  золотой  қыз,  өт  аппағым!»
Деп  қыйылып  қушақлайсаӊ  күндей  күлип.

«Ағасыныӊ  мийнетинен  дәм  татсын  деп,
Ҳәзир  ғана  бағдан  үздим,  гил  серелеп»,
Деп  хош  ийис  шабдал  тутар  Айша  кишем,
Бул  не  деген  алтын  дәӯран,  айтсам  ертек!?

Көп  көрмесем  кеӯлим  және  меҳриӊ  күсер,
Төбеӊизди  көрсем  анам  ядқа  түсер,
Шаршамайын  ҳақ  кеӯлиӊди  тәриплеӯге,
Ҳәр  бир  жақсы  пазыйлетиӊ  хатқа  түсер.

Хатқа  түспес  жеӊгей  де  бар  көреалмаған,
Барым  күнлеп,  жоғымды  ҳеш  бералмаған,
Қайтар  дүнья  есап  етип  бара  берер,
Барлығына  жуӯап  болар  бир  Алладан.

«Қалай  жуӯап  қайтарайын  ҳүрметиӊе,
Баӯрыӊ  үзип  көрсеткен  сол  иззетиӊе»,
Десем,  күлип:  «Бир  көйлек»  деп  ҳәзиллейсеӊ,
Көйлек  емес  жан  қурбан  сол  келбетиӊе.

Аӯылдағы  ақкөкирек  кишелерим,
Мудам  пулға  толы  болғай  киселериӊ,
Алдыӊызда  аман  болып  ағаларым,
Байтеректей  шақа  жайып  өсебериӊ!

      Алтынгүл Утениязова
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 08:20:26 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 07:32:25 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sun, 17 Aug 2025 04:03:31 +0300
Подробнее
10.54 k
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 20:24:42 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 19:18:23 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 17:45:01 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 15:38:03 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 14:32:38 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 12:00:28 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 09:39:11 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 08:52:07 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 07:22:52 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 07:11:18 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Sat, 16 Aug 2025 03:10:55 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 20:50:15 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 20:17:00 +0300
Подробнее
10.26 k
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 19:09:15 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 14:51:02 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 13:23:52 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 12:10:00 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 08:48:28 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Fri, 15 Aug 2025 04:56:40 +0300
#Қайырлы_таң

Ассалаўма алейкум 
Қәдирданларым !!!

Бүгинги таңды көриў бәршемизге несийп еткен екен, Алла нәзеринде екенсиз. Өмириң мазмунлы, ақыбетиңиз қайырлы болсын!
Алла бәршемизге сөнбес ийман, шырайлы минез-қулқ, ибратлы сөйлейтуғын тил, бәрҳә жақсылық ҳәм жоқары сана-сезим берсин!

Ерте таңда нени тилеп сораған болсаңыз барлық тилеклериңиз қабыл болсын..!



•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
11.63 k
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 19:21:32 +0300
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...:

Көпшилик, ертең не болады, деп сорайды. Ертең әлбетте бүгин ислеген ислериңниң нәтийжеси болады.
📖

АДАМЛАРҒА ӨЗИҢНИҢ РЕЖЕЛЕРИН ҲАҚҚЫНДА АЙТПА. АЛ, ТЕК ОЛАРДЫ ӨЗ НӘТИЙЖЕЛЕРИҢ МЕНЕН ТАҢ ҚАЛДЫР.
📖

БИР КҮНИ СИЗ АРТҚА ҚАРАП, ТИЙКАРЫНДА ӘҲМИЙЕТСИЗ БОЛҒАН НӘРСЕЛЕР УШЫН ЖҮДӘ КӨП ТӘШЎИШЛЕНГЕНИҢИЗДИ ТҮСИНЕСИЗ.

📖
https://t.me/ibratli_sozler
 
•┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 17:39:56 +0300
Сиз қаншалық дәрежеде жақсы болсаңыз да адамлар бәрибир сизден өзлери унатпайтуғын қылықты излеп табыўға ҳәрекет етеди. Сол ушын биреўге унайман деп ҳеш қашан ҳәрекет етпеңиз.

https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 15:46:47 +0300
📣📣📣ДЫҚҚАТ:  ЖАҢАЛЫҚ!

   Енди абитурентлеримиз билимин және де жетилистириў ҳәм жоқарғы оқыў орынларына таярланыў ушын пайтахтымыз Нөкис қаласына барып жүриўи шәрт емес!
     Себеби келешегимиз даўамшылары болған районымыз жасларының
✅Шет тили,
✅Математика,
✅Рус тили ҳәм
✅Қарақалпақ тили пәнлерин тереңирек үйрениўин жеңиллестириў мақсетинде Нөкис қаласындағы "REAL EDUCATION" оқыў орайының Мойнақ районынан филиалы ашылғанлығын мәлим етемиз. Бул жерде абитурентлерге тәжирийбели, заманагөй билимлерге ийе, қәниге устазлар билим береди.
   Оқыў төлеми айына:
1 пән ушын 200 мың сум
2 пән ушын 300 мың сум.

  Мәнзил:
Мойнақ районы
"Жаслар орайы" имараты.
Байланыс ушын телефон: +998-99-364-73-02
@real_education_muynak
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 14:58:12 +0300
Адамның минезинде үш түрли алтын қәсийет бар: сабырлылық, өз жағдайын билиў ҳәм үндемеў қәбилетлери.
Булар айырым жағдайларда ақылға, талантқа сулыўлыққа қарағанда көбирек жәрдемге келеди.

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 11:41:35 +0300
ЖАРАТҚАНЫМ АТА - АНА  ЖҮРЕГИН ӘЖАЙЫП МИЙРИМЛИЛИККЕ  , СҮЙИСПЕНШЛИККЕ ТОЛЫ ЕТИП ЖАРАТҚАН..

БИЗ АТА  - АНАМЫЗДЫ ТАҢЛАЙ АЛМАЙМЫЗ, БИРАҚ ҲЕШБИР АТА - АНА  ПЕРЗЕНТИНЕ ЖАМАНЛЫҚ ТИЛЕМЕЙДИ. ТУЎРЫ , АЙТЫЎЫҢЫЗ МҮМКИН АЙЫРЫМ АТА - АНАЛАР БАР ПЕРЗЕНТЛЕРИН  ҚОРЛАЙТУҒЫН, БАЛАЛАР ҮЙИНЕ ТАСЛАП  КЕТЕТУҒЫН ДЕП,  БИРАҚ МЕН  АЙТҚАН  БОЛАР ЕДИМ,  ОЛАРДЫҢ ҲӘМ  ЖҮРЕГИНИҢ ТӨРИНДЕ ЖАРАТҚАНҒА  , ПЕРЗЕНТКЕ, АДАМЛАРҒА  ДЕГЕН, МИЙРИМЛИЛИК МУХАББАТ, ЖАСЫРЫНҒАН ШЫҒАР.  БӘЛКИМ, СОЛАРДЫ ЖҮЗЕГЕ ШЫҒАРА АЛМАҒАН ШЫҒАР. КИМЛЕРДУР ЖОЛ ҚОЙМАҒАН БОЛАР.

ЎАҚЫТ ҒӘНИЙМЕТ.
ТИРИЛИГИНДЕ  АТА - АТАМЫЗДЫҢ ҚӘДИРИНЕ ЖЕТИП, ОЛАРДЫ СҮЙИП ЖАҚСЫ КӨРИП ҚӘДИРЛЕЙИК ӘЛПЕШЛЕЙИК.
СЕБЕБИ БУНДАЙ МИЙРИМ ЖАРАТКАНҒА  ДА , МАҚУЛ БОЛАРЫ АНЫҚ...

МЕНИҢ ПИКИРИМ АТА - АНАНЫ ҲҮРМЕТ ҚЫЛЫЎ КЕРЕКЛИГИ  ХАҚҚЫНДА ЕДИ, ПИКИР  ӨЗИҢИЗДЕН ...🌟


Нурбийке Бердимуратова ..✍
https://t.me/ibratli_sozler
👉 https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 08:01:07 +0300
#Даналық.

Менменлигин жеңген адам сүйкимли болып келеди.

Ашыўын жеңген адам кеўилли болады.

Қумарлылығын жеңген адам жетискенликке ериседи.

Өз нәпсин жеңген адам бахытлы болады

✍ Макс Фрай

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Thu, 14 Aug 2025 03:59:28 +0300
Ассалаўма Әлейкум Әзийзлерим!!!
🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿

Пийшемби таңы ҳәммеге қайырлы таң болсын.!
Бүгинги күн өмиримиз жаңа мазмун, бахыт ҳәм есте қаларлықтай жаксы өзгерис алып келиўин тилеп  қаламыз.

Бир - биреўди сағынып жасайтуғын сана - сезим берсин. Биз бенен ғайбана сәубетлесиўге қушлар, және өмирдиң қаймағы  болган сөз өгерине ықласлы халқым сизлерге  бүгинги күн әўмет яр болсын!
☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Wed, 13 Aug 2025 20:00:13 +0300
Қайырлы түн қәдирданларым!


Күн даўамында биз бенен бирге болған сиз қәдирданлардан миннетдармыз.
Биз сизиң кеўлиңизге азда болса  жубаныш, шадлық, кеўлиңизге исеним бере алған болсақ қуўанышлымыз.
Түниңиз тыныш болсын, түн  периштелери жолдасыңыз болсын,  жақсы жатып турың әзиз жақсыларым.

Ерте таңда көрискенше саў-саламат болыңызлар.


https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Wed, 13 Aug 2025 17:22:24 +0300
" АТА -АНЫҢЫЗДЫ ҲҮРМЕТ ҚЫЛЫҢ"...

Биз  айырым ўақытлары ата - анамызға  ашыў қыламыз ямаса оларға өкпелеймиз.
Олардың кеўлин аўыртамыз.
Қартайған гезде ашыўларын көтериўге қыйналамыз, бирақ биз  шахалақ бөпе ўақтымыз түнлерди уйқысыз өткизип қанша жылағанмызға қарамай бизге бар мийримин берип усы дәрежеге жеткизген анамыздан ашыў қыламыз.
Өзине үсти бас, кийим-кеншек алмастан жыллы жүрсин, қатарларынан кем болмасын деп, биз ушын ертели-кеш ислеген Әкемизге де өкпелеймиз.
Базылар ата - анасынан уялады. Басқалардың бай ата-аналарына салыстырады.
Анамыз биз гөдек бөпе ўактымызда қанша мийримин берген болса, енди аналарымыз биз перзентлериниң мийримин күтеди. Ол әзиз инсанлар бизиң мийримимизге зар.

🔻ХОШ БУЛ ҚАНШАЛЫҚ ТУЎРЫ❓

Жаратқан ийемиз  Ата- анамыздың ҳүрметин керегинен де, артық қылған екен, еге биз  Ата - анамызға ҳүрметсизлик қылыўмыз керек, неге олардың кеўлине тийип ҳүрметсизлик қылыўмыз керек. Баласы тири бола турып неге баласы өлидей қыйналыўы керек,
Оларға ғамқорлық қылып мийримимизди сүйиспеншлигимизди бериўмиз керек емеспеди❓
Ата - анасына бар мийримин берген инсан Жаратқанымның мийримине ериседи өмиринде жумысларында, ислеринде береке болады .
Ата - Анамызды тирилигинде қәдирлейик...🕊️

✍Нурбийке Бердимуратова

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Wed, 13 Aug 2025 13:32:29 +0300
ТИЛ СӨЗ ӨНЕРИ ҲАҚҚЫНДА НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР.

Еки тыңла, бир сөйле,
Аз сөйле, көп тыңла.

Шийрин сөз шекерден шийрин.

Сөйлеместен бурын ойланып ал.

Сөз – гүмис, үндемеў – алтын.

Жақсы сөзге не қарыў,
Жаман сөзге не зәриў?

Тил буўынсыз – ой түпсиз.

Тил жүйрек емес,
Ой жүйрик.

Ойлы ойланаман дегенше,
Ойсыз ойдағысын айтып болады.

Аз сөз – ақылдың жаны.

Албыраған аўыздан,
Салбыраған сөз шығады.

Шешен адам нақыл айтады,
Нақыл сөзди мол айтады.
Нақылсыз айтқан қуры сөз,
Тынық сөзди ылайтады.

Кеўил-кеўилден суў ишер,
Қамыс буўыннан суў ишер

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Wed, 13 Aug 2025 09:12:04 +0300
Шайырдың жүреги

( Мухаммад Юсуфке)

Шайырдың жүреги халқы алдында,
Толып- тасып ханасына сыймас ол,
Елим деп,халқым деп жаныў бар онда,
Ҳәтте,ийесин де тыныш қоймас ол...

Аламан алдында қулады шайыр,
Қыйнар еди оны көксинде жүрек,
Хүждан хүкимине ол еди тайын,
Бул жүрекке халқы,Ўатаны керек!

Ҳаўлығып,жуўырып келди де бирден,
Қолына көтерип қала ҳәкими,
Шайырды тыныш ҳәм ҳаўалы жерге,
Алып шықты....,бетин желпиди кими...

Көрсетилди мине, биринши жәрдем,
Ем тәсир етер ме, халықшыл жүрекке!?...
Ал,шайыр ыразы нәзерде сол дем,
Ҳәммеге қарады күлимлеп тек те...

Шайырды қыймастан мүлгир әтирап...
"Еле жас ғой...еле жасаса нетти!?"
Шайыр жылап турған халқына қарап,
Күлимлеп жан берди...,берди жүректи...

Жүрек дәртин шығармады тил менен,
Ҳәмме уқты шайыр меҳрин көзинен,
"Айнанайын қара қасың,көзиңнен,
Өзиңнен қоймасын ,
халқым,өзиңнен!!!"

Ҳәр сөзин қәстерлеп ,китабын алып,
Оқысам ,көринер сол байғус жүрек,
Шайырдың жүреги халқында қалып,
Еле урып турар :"Елим! Журтым!"- деп...

       Алтынгүл Утениязова
https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Wed, 13 Aug 2025 05:44:49 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Wed, 13 Aug 2025 03:36:32 +0300
Подробнее
12.19 k
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 20:32:06 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 18:06:50 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 17:00:07 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 14:57:25 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 12:08:38 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 10:07:11 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 08:44:14 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 06:47:12 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Tue, 12 Aug 2025 04:11:34 +0300
Подробнее
10.19 k
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 20:05:21 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 19:55:07 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 19:02:37 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 18:43:31 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 15:17:06 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 12:13:28 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 10:56:53 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 08:41:40 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 07:43:54 +0300
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 06:35:35 +0300
АНА ТИЛЕГИ

Муўса  алайҳиссалам  анасын қәбирге қойып, қәбирстаннан шығып киятырғанында  Аллатаала  былай саза береди:
"Эй  Муўса  өзиңди абайлап асыра!"
Буннан  ҳайран болған Муўса алайҳиссалам былай дейди:
"Я  Алла  ,Сен  маған усы ўақытқа шекем бундай демеген едиң. Неге тап усы бүгин өзимди асыраўымды айтып атырсаң"
Аллатаала жуўап берди:
"Себеби, Сиз ҳәр күни үйден шығыўыңыз бенен анаңыз "Баламды панаҳыңда сақла",-деп тилек тилер еди. Мине сол тилек себепли биз сени аман сақлар едик.
Енди Сизге бундай тилек-дуўа тилеўши зат жоқ!"
🌅

Көрдиңизбе, қәдирданлар, Алла менен туўрыдан-туўры сөйлесе алған  Муўса алейҳиссалам  да аналарының  тилеклерине мүтәж болған екен. Сиз ҳәм биз  ким болыпбыз!?

Ата-аналарымыздың пәтиясын алайық

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 06:04:54 +0300
#Усыныс

    Китап оқыўыныз ушын 10 себеп


1. Мий актив түрде ислей баслайды.

2. Дүньяға көзқарасыңыз кеңейеди.

3. Фантазия раўажланады.

4. Сөзлик байлығы ҳәм саўатлылық дәрежеси артады.

5. Китап стресстен қутқарады.

6. Интеллектти раўажландырады.

7. Ядлаў қәбилетин беккемлейди.

8. Алсгеймер кеселлигиниң алдын алады.

9. Дөретиўшилик пикирлеў қәбилетин арттырады.

10. Уйқы сапасын жақсылайды.


     Китап оқыўды күнделикли әдетке айландырсаңыз, сизди әжайып өзгерислер күтеди!

Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 05:09:48 +0300
Бахытлы инсан биреýге азап бермейди және биреýдиң өмирине араласпайды, себеби оған ýақыты жоқ...

   Басқалар өмирине араласып азап бериý, бул бахытсыз инсанның иси,демек сиз азап бериýшилер менен гүреспең.
Қолыңыздан жақсылық келсе жақсылық етиң, қолыңыздан жақсылық келмесе жаманлық та етпең.
  Керисинше,  бахыт тилең және жолыңызды даýам еттириң ...
   Себеби, алдыңызда ислеген ислериңиз есабы бар ...

https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>
https://linkbaza.com/catalog/-1001346534449 Mon, 11 Aug 2025 04:27:17 +0300
САДАҚАНЫҢ  ПАЙДАЛАРЫ:

1. Периштелер дүнья малыңа берекет тилеп турады.

2.  Бул сениң шайтанлар үстинен жеңисиңдүр.

3. Алладан келетин ғәзепти өширеди.

4. Ол барлық наýқасларға ем және шыпадур.

5.  Ол сениң абройың және хүрметиңди сақлайды.

6. Ол сениң өлимиң алды жағдайыңды гөззал көрсетеди.

7. Садақаң сени дозақдан сақлап қорғайды.

8. Ол қыямет күни саған сая болады.

9.  Ол сениң мал-мүлкиңди зыяда қылады.

10. Ол қәлбиңе мийрим инәм етип тас қәлбиңди жумсартады.

11.  Садақа қәбир азабынын және отынан сақлайды.

12.  Ол мойныңдағы гүнәларыңды өширеди.

13.  Ол садақа берген инсанды  және оның жақын инсанларын жаладан, бәледен асырайды.


   Өзбек тилинен қарақалпақ тилине  аýдармалаған:
А.Кайпназарова


https://t.me/ibratli_sozler
Подробнее
]]>