Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды еле де жеделлестириў ҳаққында»ғы ПҚ-248-санлы қарары менен:
❗️Санаатты раўажландырыў бағдарында:
Қарақалпақстан Республикасында:
🔹Жүкленген миннетлемелерди толық орынлаған киши ҳәм жаслар санаат зоналарының қатнасыўшыларына оларға берилген имарат-объектлерди (ямаса олардың бир бөлегин), санаат зоналарындағы жумыс мүддетине қарамастан, тиккелей меншиклестириў ҳуқықы бериледи;
🔹Санаат зоналарындағы юридикалық шахслар ушын меншиклестирилип атырған жер участкасын сатып алыў баҳасы юридикалық шахслардан алынатуғын жер салығының базалық салық ставкасының Нөкис қаласында 1 есеси, басқа аймақларда 0,5 есеси муғдарынан келип шығып анықланады;
🔹2025-жыл 1-октябрьден баслап рудалық емес пайдалы қазылмаларды қайта ислеўди шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлерине жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын рухсатнамалар бериўге байланыслы аукционда жеңимпаз болыў ушын усыныс етилген сумманы бөлип-бөлип төлеўге рухсат етиледи.
🔹Буннан тысқары, усы қарар менен, Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги жанындағы «Жер астынан пайдаланыў орайы» мәмлекетлик мәкемесиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы шөлкемлестириледи ҳәм оған 7 штат бирлиги ажыратылады;
🔹2025-жыл 1-ноябрьге шекем Қарақалпақстан Республикасында 2026-2028-жылларда тәбийғый ресурслардың жаңа резервлерин анықлаў ҳәм иске қосыў ушын геологиялық-излеў жумысларын алып барыў бағдарламасы ислеп шығылады.
—
Ҳурматли Президентимизнинг «Қорақалпоғистон Республикасини ижтимоий-иқтисодий ривожлантиришга қаратилган чора-тадбирларни янада жадаллаштириш тўғрисида»ги ПҚ-248-сонли қарори билан:
❗️Саноатни ривожлантириш борасида:
Қорақалпоғистон Республикасида:
🔹Юклатилган мажбуриятларни тўлиқ бажарган кичик ва ёшлар саноат зоналари иштирокчиларига уларга берилган бино-иншоотларни (ёки уларнинг бир қисмини), саноат зоналаридаги фаолияти муддатидан қатъи назар, тўғридан-тўғри хусусийлаштириш ҳуқуқи берилади;
🔹Саноат зоналаридаги юридик шахслар учун хусусийлаштирилаётган ер участкасини сотиб олиш қиймати юридик шахслардан олинадиган ер солиғи базавий солиқ ставкасининг Нукус шаҳрида 1 баравари, бошқа ҳудудларда 0,5 баравари миқдоридан келиб чиқиб аниқланади;
🔹2025 йил 1 октябрдан бошлаб норуда фойдали қазилмаларни қайта ишлашни ташкил қилган тадбиркорлик субъектларига ер қаъри участкаларидан фойдаланиш ҳуқуқи учун рухсатномалар беришга оид аукционда ғолиб бўлиш учун таклиф этилган суммани бўлиб-бўлиб тўлашга рухсат этилади.
🔹Бундан ташқари, мазкур қарор билан, Тоғ-кон саноати ва геология вазирлиги ҳузуридаги «Ер қаъридан фойдаланиш маркази» давлат муассасасининг Қорақалпоғистон Республикаси бошқармаси ташкил этилади ва бунда унга 7 та штат бирлиги ажратилади;
🔹2025 йил 1 ноябрга қадар Қорақалпоғистон Республикасида 2026–2028 йилларда табиий ресурсларнинг янги захираларини аниқлаш ва ишга тушириш учун геология-қидирув ишларини олиб бориш дастури ишлаб чиқилади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube