Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @advocatesbusiness
Est. 10.04.2020.
Информация о канале обновлена 20.11.2025.
Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @advocatesbusiness
Est. 10.04.2020.
⚡️️Өзбекстанда жаңа экологиялық қадағалаў уйымы - Экополиция шөлкемлестирилмекте
️❗️Экополиция хызметкерлерине физикалық күш, электрошок үскенелери ҳәм хызмет қуралларынан пайдаланыўға руқсат бериледи.
🔰Экополиция Мәмлекетлик экологиялық қадағалаў инспекциясы, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент ҳәм Жиззақ ўәлаятларындағы тәбиятты қорғаў бойынша аймақлық арнаўлы прокуратуралар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы прокуратураларының экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тоғай хожалығы тараўындағы нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў бағдарындағы бөлимлериниң сапластырылыўы есабынан шөлкемлестириледи.
⚠️ Постты жақынларыңызға тарқатың.
⚖️ Биринши ҳуқықый каналға ағза болың
👉 @xaliq_ushin
⚡️Жәмийетлик орынларда жүзин жаўып жүрген шахслар 6 млн сумға шекем жәриймаға тартылыўы мүмкин
🔰Өзбекстан Республикасының 31.10.2023-жылдағы Нызамы менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске жаңа 184-4-статья киргизилди.
❗️Оған көре, жәмийетлик орынларда шахсын идентификациялаў (анықлаў) имканын бермейтуғын дәрежеде жүзин тосқан ҳалда болыў пуқараларға БЕМның 10 есесинен 15 есесине шекем (4 млн 120 мың сумнан 6 млн 180 мың сумға шекем) муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.
☝️Бирақ төмендеги жағдайларда жүзин тосып жүриў жуўапкершилик келтирип шығармайды:
✔️медициналық көрсетпеге тийкарланып ямаса жол-транспорт ҳәрекетинде қаўипсизликти тәмийинлеў ушын кийилетуғын арнаўлы бас кийимде жүзин тосқан ҳалда болыў;
✔️мийнет ҳәм хызмет искерлиги менен байланыслы жағдайларда жүзин тосқан ҳалда болыў;
✔️спорт ҳәм мәдений илажларды өткериў ўақтында бул илажлар қатнасыўшыларының жүзин тосқан ҳалда болыўы;
✔️нызамшылықта туўрыдан-туўры руқсат етилген басқа жағдайларда жүзин тосқан ҳалда болыў.
⚠️ Постты жақынларыңызға тарқатың.
⚖️ Биринши ҳуқықый каналға ағза болың
👉 @xaliq_ushin
#Тезкор
ОНАМ САХАР САБАБ ВАФОТ ЭТГАН… АВВАЛРОҚ БИЛГАНИМДА ЭДИ!
Минглаб ҚОРИ шогирди бор бўлган Андижонлик Абдужалол қори дада айнан сахар касаллигига ШИФО топиш ҳақида гапириб ўтдилар!
Батафсил: +998555030505
Видеони албатта кўринг!
https://youtu.be/gfTbLK6wSMk
https://youtu.be/gfTbLK6wSMk
❗️Өзбекстанда алынған “права” Россияда тән алынады, бирақ такси басқарыў ушын емес
Россия Федерациясы аймағында болып турған Өзбекстан Республикасы пуқаралары дыққатына!
Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы Елшиханасы мәмлекетимиз пуқараларын Россия аймағында миллий айдаўшылық гүўалықларынан пайдаланыўдың әмелдеги тәртиби ҳаққында хабардар етеди.
Сырт ел айдаўшылық гүўалықларын тән алыў бойынша Россия нызамшылығына киргизилген өзгерислерге бола, Өзбекстан Республикасының әмелдеги миллий айдаўшылық гүўалықлары менен Россия Федерациясы аймағында транспорт қуралларын жеке басқарыў мүмкин екенлигине итибарыңызды қаратамыз.
Соның менен бирге, Россия Федерациясы аймағында кәсиплик жумысты әмелге асырыў (такси, жүк тасыў, жолаўшы тасыў ҳәм басқалар) ушын Россия айдаўшылық гүўалығын алыў зәрүрлиги, бул болса сырт елли айдаўшыларды белгиленген тәртиптен өтиўин талап етеди.
Өзбекстан Республикасы елшиханасы
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!
⚖️ Қарыз шәртнамасы қандай тәртипте дүзилиўи керек?
✅ Әпиўайы жазба формада дүзиледи, егер:
🔸пуқаралар арасындағы қарыз пул муғдары базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен (ҳәзирги есап пенен 4.120.000 сўм) көп болса;
🔸бир тәреп юридикалық шахс болса.
❗️Егер қарыз алыўшының жазба тил хаты яки қарызды (пул, мүлкти) алғанлығын тастыйықлаўшы ҳүжжет болса, шәртнама жазба формада дүзилген есапланады.
☝️Егер жоқарыда көрсетилген жағдайларда қарыз шәртнамасы жазба формада дүзилмеген болып, даў келип шыққан жағдайда пуқара шәртнаманың дүзилгенлигин, мазмунын яки орынланғанлығын гүўалардың көрсетпелери менен тастыйықлай алмайды.
Буны тастыйықлаў ушын жазба яки басқа дәлиллер болыўы керек.
⌛️ Қарыз шәртнамасында егер пулды қайтарыў мүддети көрсетилмеген болса, қарыз алыўшы пулды қарыз бериўши талап еткен күннен баслап 30 күн ишинде қайтарыўы керек.
🎓 Қарыз шәртнамасы бойынша даў келип шыққан жағдайда, шәртнама тәреплеринен бири пуқаралық ислери бойынша судқа мүрәжат етиўи мүмкин.
🗞 Тийкар: Пуқаралық кодексиниң 109, 733 ҳәм 735-статьялары.
👉 Постты жақынларыңызға тарқатың.
⚖️ Биринши ҳуқықый каналға ағза болың
👉 @xaliq_ushin
Владелец канала не предоставил расширенную статистику, но Вы можете сделать ему запрос на ее получение.
Также Вы можете воспользоваться расширенным поиском и отфильтровать результаты по каналам, которые предоставили расширенную статистику.
Также Вы можете воспользоваться расширенным поиском и отфильтровать результаты по каналам, которые предоставили расширенную статистику.
Подтвердите, что вы не робот
Вы выполнили несколько запросов, и прежде чем продолжить, мы ходим убелиться в том, что они не автоматизированные.
Наш сайт использует cookie-файлы, чтобы сделать сервисы быстрее и удобнее.
Продолжая им пользоваться, вы принимаете условия
Пользовательского соглашения
и соглашаетесь со сбором cookie-файлов.
Подробности про обработку данных — в нашей
Политике обработки персональных данных.