❗️Қарақалпақстан ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе болған және бир тарийхый Президент қарары қабыл етилди
Қарақалпақстан Республикасы социаллық экономикалық жақтан турақлы раўажландырылады
Ҳүрметли Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыўға қаратылған илажларды еле де жеделлестириў ҳаққында»ғы және бир айрықша әҳмийетке ийе тарийхый ПҚ-248-санлы қарары қабыл етилди.
Қарар менен 2025-2026-жылларда Қарақалпақстан Республикасын турақлы социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери белгиленди, атап айтқанда:
🔹жалпы аймақлық өним көлемин орташа 6-6,5 процентке жеткериў;
🔹санаат өндирисиниң көлемин 5-6 процентке;
🔹базар хызметлери көлемин 15-17 процентке жеткериледи.
Қарар менен Қарақалпақстан Республикасын 2035-жылға шекем раўажландырыў бойынша стратегия 5 жыллық толық бағдарлама тийкарында әмелге асырылады.
Бағдарламаны қаржыландырыў ушын нәтийжеге тийкарланған қаржыландырыў системасы (PforR) бойынша 150-200 миллион АҚШ доллары муғдарындағы сырт ел қаржылары тартылады.
—
❗️Қорақалпоғистон учун катта аҳамиятга эга бўлган яна бир тарихий Президент қарори қабул қилинди
Қорақалпоғистон Республикаси барқарор ижтимоий-иқтисодий ривожлантирилади
Ҳурматли Президентимизнинг «Қорақалпоғистон Республикасини ижтимоий-иқтисодий ривожлантиришга қаратилган чора-тадбирларни янада жадаллаштириш тўғрисида»ги яна бир алоҳида аҳамиятга эга тарихий ПҚ-248-сонли қарори қабул қилинди.
Қарор билан 2025–2026 йилларда Қорақалпоғистон Республикасини барқарор ижтимоий-иқтисодий ривожлантиришнинг асосий мақсадли кўрсаткичлари белгиланди, жумладан:
🔹ялпи ҳудудий маҳсулот ҳажмини ўртача 6–6,5 фоизга етказиш;
🔹саноат ишлаб чиқариши ҳажмини 5–6 фоизга;
🔹бозор хизматлари ҳажмини 15–17 фоизга етказиш.
Қарорга кўра, Қорақалпоғистон Республикасини 2035 йилгача ривожлантириш бўйича стратегия 5 йиллик батафсил дастур асосида амалга оширилади.
Дастурни молиялаштириш учун натижага асосланган молиялаштириш тизими (PforR) бўйича 150–200 миллион АҚШ доллари миқдоридаги хорижий маблағлар жалб қилинади.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Website|Telegram|Instagram|Facebook|YouTube